05/12/2024

ЖЫЛ ҚУСЛАРЫ АҒЫЛАР ТЫНБАЙ

46545

Ийне шаншар орын жоқ еди бунда, Турды сыймағанлар клуб аузында, Қызыл сәтийин жапқан столда көзлер, Жаңлар түрли дауыс, түрлише сөзлер. Қанша тығылса да, адамлар қойдай – Қағысып, сыйысты тар болса да жай. Журт силтидей тынып қулақ түреди. Тек те шешен дауысы ҳүким сүреди. Сөйлер Әбдираман дәрьядай тасып, Аузынан сөз емес, …

Mufassal »

БИЙМАЗА ТҮН

f520a626319d1e17202bb

1 Булт та жоқ, ай да жоқ, жулдызлар тек те Алмас қыйқымындай шағыраяр көкте. Тек те тентирейди ызғырық самал, Жапырлып, гүуилдеп жулқынады тал; Жулқынар ушқысы келгендей жерден, Қублаға сап тартқан қуслар изинен; Жулқынар байлауда турған асаудай, Толқындай лепирип, түнерер таудай. О, сен мунарланған қалың қара тал, Неге жулқынасаң түксийип қатал? …

Mufassal »

УШЫРАСЫУ

5-31

Б е г д и я р Үш рет жибердим файтонды саған, Зорға төртиншиде келдиң, Арыухан. Мейли, көтерейин назыңды енди, Гийнем ерип кетти көрип төбеңди, Қымбатлым, сен меннен қашпа оншама … А р ы у х а н (сыртқа қарап) Ал, және басланды қәдимги нама … Б е г д …

Mufassal »

ДӘРЬЯ БОЙЫНДАҒЫ КЕШ

belyiy-parohod-1

1 Қолында китабы, көзлери ойшаң, Көшеде асықпай барар Арыухан, Қызғыш биртартары от қусап лаулап, Желбирер көргенниң көз нурын аулап, Жолыққанлардан ол шетлеп барады, Минекей, артына бир жалт қарады. Жигит сәл жасқанды оннан албырап, Сөйледи Арыухан жигитке қарап: А р ы у х а н Мен саған бир ермек болған қусайман, …

Mufassal »

ТӨРТКҮЛ КЛУБЫНДА

111774

1 Хор Турғыл, қарындасым, жатпа муңайып, Турсаң, жарық жолға алып бараман. Тур, еркин жолларда қәдем урайық. Журсең жарық жолға алып бараман. Көп уақ жылан шақты бизди, Енди азатпыз, халайық. Кел, қурдаслар, бахтымызды, Бизлер күтип алайық. Еркинлик қуяшы жақтыртты жолды, Қәмме азатлыққа талабан болды, Түргел, ески жолда тек те сен қалдың. …

Mufassal »

ПРОЛОГ

nauka-2

Қей сен, қоңыратлы қыз, жаным Арыухан, Қызыл қапы алдында иркилдиң, неге? Сығалап турғанды қой тал арасынан, Жетер тартынғаның, кир ишкериге. Кир деймен, қымбатлым, қолыңды узат, Қәнекей, бир батыл қәдем ур, – тамам, – Тек сөйтсең болғаны, уәдем қақыйқат, Әжайып бир дүньяны ашайын саған. Сен ушын жат емес бул қызыл есик, …

Mufassal »

ДОС-ЯРАНЫҢ БОЛМАСА

pic1_min

Өмирде не ләззет бар, дос-яраның болмаса, Жан деген менен жанбас, өз жананың болмаса. Жылғалар жылжып түсер бәлент таудың басынан, Олсыз мәужирип ақпас дәрьяларың болмаса. Бир душпан көплик етер, досларың мың болса аз, Суңқар қусқа жарасар жалғыз әйлемек пәруаз. Ғәрипке Сәнем болмас бийопалы сәрбиназ, Қасында қәдир билер мийрибанық болмаса. Бүлбил қус …

Mufassal »

СОРША – Сонетлер

closeup-shot-woman-with-m

Қапа болсаң ағын сууды жағала, Тасып кетсең әулийени арала. Нақыл. 1 Барлық хәм жоқлықтың, шегарасы бул, Усы жерге келип излер жоғалар. «Менсиз дүнья жоқ» деп, асқынған кеуил Бунда арнасына қайта қуйылар. Бунда күлки тынар ғумша ләблерден, Көзге жас жууырар, ақыл албырар. Достың сенсиз үйге қайтар бул жерден, Я ол сен …

Mufassal »

МЕН ӨЗ ТӘҒДИРИМЕ ҚАЙЫЛ ҚАЛАМАН

dsc_1811-1024x680

Жазғы ақшамларда жатып шалқама, Жулдызларға қарап ойға таламан, Өз өмириңди ойлағанда, бәрқама Мен өз тәғдириме қайыл қаламан. Бар оның бир жазып атқан дәстаны, Мениң өмиримнен шеберлеп қурап. Мен тууылар гезде оны баслады, Қашан питкерерин билмеймен бирақ. Шадлықтан – арқауы, ғамнан – ериси, Тоқып атырғандай ҳәр бир демимди. Базда йош бергендей …

Mufassal »

Бердақ.

berdaq

Кешир, ессиз бабам, келдим қасыңа, Саған алып келген гүлим де жоқ бир, Ақлықларың қорқа-қорқа, басыңа Еплеп белги салған. Оған да шүкир. Кимди қорқытпаған сениң әруағың. Теңиздиң ең сонғы жолбарысы да, Қамыслықтан шығып оқ тийген шағы, Түнеп өлген дейди сениң қасыңда. Қәмме қорықты, сен қорықпадың хеш кимнен, Ала көзиңе ким тикленип …

Mufassal »