Хостаға жазда, жаным, келсең еди,
Аралап қуртоғайды жүрсең еди.
Қытықлап ақ балтырды қос бурымың,
Ақтастың аясына минсең еди.
Ақтас, бул, – тәбияттың бир балконы.
Алдынан ашылады Кавказ оның.
Қарсыңда уйлығысып қарлы таулар,
Таласып созар еди-ау саған қолын.
Пальмалар пешанаңды желпип әсте,
Тәриплеп қубылжыған қуслар сести,
Бананлар жапырағын жауып саған,
Магнолия гүлин төгип дәсте-дәсте;
Сымбатлы сәруи таллар қатар дүзеп,
Шиповник бояу сүртип өзин безеп,
Әсирлик тиссалар да тас төбеңнен
Таңланып қарар еди гезек-гезек.
Бултлар көрип сени усы жерде,
Шабысып шомылғанда қара терге,
Қызғанып ийирилген аппақ думан,
Жүзине тутар еди жуқа перде.
Ал сонда пәтли қурдым жемтик аулап,
Айқасып аш толқынлар, тынбай шаулап,
Ыңыранып ырғыр еди гранитке,
Ақтастан алыу ушын сени жаулап …
Рафаэль өзи салған сууретине
Ашық болып қалғаны есиңде ме?
Гүрилдеп қол шапатлар еди сондай,
Тәбият сендей сулыу перзентине.
Хоста, 1955-жыл.