Таулы еллер қандай сулыу жерге бай!
Көркин көрип көзиң тоймас қарасаң.
Соның бири: жасыл қыснақ, терең сай,
Гүл төселген қырғыз жери – Арашан.
Арашан, Арашан!
Естен кетпес сенде көрген тамашам!
Таңларыңда думаныңды сүйгеним,
Кешлериңде суу жағалап жүргеним.
Көрдим сенде көзге тосын тауларды,
Жатырқаған бир де жанды көрмедим.
Қарап турсам тас астында қайнаған
Ыссы суулы, мөлдир көзли булаққа,
Яр жамалы түр көрсетип айнадан,
Сыңқылдаған сести келди қулаққа,
Гүллер мысал кесе тутқандай маған,
Балауызын толтырып пал шарапқа,
Сонда шайыр жүрегинде муқаббет
Кенарынан толып тасты сан ирет.
Гүзеттеги жылқышыдай қунтыйып,
Ақ қалпағын баса кийген шыңларың,
Талай сапар егегинде ынтығып,
Жас бүркиттиң шаңкылдысын тыңладым.
“Қолларыңды тийгизейин жулдызға,
Өрмеле” деп сонда маған ымладың.
Шың басына кеттим шығып, Арашан,
Көринбедиң булт үстинен қарасам.
Едирейип маялышлы жасқада
Тур кийиктиң бир шай батыр ылағы.
Ақ думаны ийирилген аспадан
Сарқырама шуулап төмен қулады.
Ал төменде ГЭС гүрилдеп тынымсыз,
Жаңа өмирди жырлап қаллас урады.
Сонда шайыр жүрегинде йош артып,
Қырғыз жерин тәрип етер қумартып.
Арашан, Арашан,
Естен кетпес сенде көрген тамашам!
1954-жыл, Арашан.