05/12/2024
Home / Ilm / АРМЕНИЯ

АРМЕНИЯ

Арасынан асқар таулардың
Бир қасыл тас тауып алдым.
Тәждиң гәухар тасы ма?
Гүлжүзиктиң қасы ма?

Шатырлап жасын түскенде,
Майдалап оны кескен бе?
Сыныклары қай жақта?
Жатыр ма екен узақта?

armenia_landscape

Дойнақ яки қылыштың,
Изи ме қанлы урыстың,
Бул не шыжбай тастағы?
Ямаса әуел бастағы

Жазыуы ма әрменниң?
Маштоц яки әлле ким
Бир гезде жазып қалдырған?
Абовянның кеулиниң

Жарасы ма бул турған?
Мийримсиз уақыт, сум заман
Тырнағын тасқа батырған.
Севандай мөлдир, туңғыйық

Тастың тынық жүзине
Қарай бердим сүзиле.
Көп шыжбайдың астынан
Бир хат көринди маған:

«Армен, демек, бул – адам,
Жоғалмас адам ҳеш қашан!…»
Жанға жақын, тууысқан,
Жаңа заманға қууысқан,

Ауа, бул тас жоғалмас.
Армен – сулыу, армен – жас,
Гүллене берер Аястан,
Ал мен болсам бул тасты

Шийринниң сулыу көзиндей,
Туманянның сөзиндей
Жүректе мәңги сақлайман,
Хеш дүньяға сатпайман!

1963-жыл, Ереван.

Dar boramon admin

Инчунин кобед

belyiy-parohod-1

ДӘРЬЯ БОЙЫНДАҒЫ КЕШ

1 Қолында китабы, көзлери ойшаң, Көшеде асықпай барар Арыухан, Қызғыш биртартары от қусап лаулап, Желбирер …