1
Қолында китабы, көзлери ойшаң,
Көшеде асықпай барар Арыухан,
Қызғыш биртартары от қусап лаулап,
Желбирер көргенниң көз нурын аулап,
Жолыққанлардан ол шетлеп барады,
Минекей, артына бир жалт қарады.
Жигит сәл жасқанды оннан албырап,
Сөйледи Арыухан жигитке қарап:
А р ы у х а н
Мен саған бир ермек болған қусайман,
Неге ергишлейсең изимнен, Айман?
А й м а н
Ол не дегениңиз? Ергени неси?
Жол болған соң … жолдан жүрмей ме киси?
Мәлел берген болсам мен сизге, айым,
Басқа көшеден-ақ кете қояйын …
А р ы у х а н
Жолымыз бир түскен болсалар, Айман,
Шынында хақым жоқ қууыуға жолдан.
Мейли, оннан қайта, уақыт тапсаң сен,
Жағада сайранлап жүрейик аз-кем?
2
Айманның бул сөзден туулап жүреги,
Жигит шадлығының болмады шеги.
Бирақ, кеуилдеги тасқын сөзимди,
Айта алар ма адам бундай гезинде.
Екеуи дизилисип, минди жағаға,
Төменде лепирип дәрья ағады,
Жасыл шатыр тигип суу жағасына,
Төрткүл қушақ жаяр жаз шуғласына,
Өрлеп туу алыста барар пароход,
Кешки қуяш тынық көкке қояр от …
А р ы у х а н
Хаял жаралмаған болыу ушын қул …
А й м а н
Ауа, Әбекеңниң айтқан сөзи бул,
Есиңе түскен ғой …
А р ы у х а н
Түспеске неге?
Бул сөз тек мен емес, унар қәммеге,
Бундай сөзди айтар кең, сулыу жүрек,
Оны жақсы хаял сүйиуи керек.
Мен оны сүйер едим …
А й м а н
Әбдираманды?
А р ы у х а н
Ауа, от жүрекли сол бир адамды,
Сөзсиз сүйер едим. Бирақ, мен оған
Минасип бола алсам …
А й м а н
Қойың, Арыухан.
Дурыс, Әбдираман – азамат киси.
Бирақ, сиз түсиниң… Арыухан, түсин:
Өйтип, сен өзиңди төмен услауға
Хақың жоқ …
Айтқаның тууры. Сонда да …
Қандай бахытлысаң сен өзиң, Айман.
А й м а н
Мен ҳәзир бахыттан бипҳуііі қусайман, –
Сен барсаң қасымда …
А р ы у х а н
Жоқ, түсинбедиң,
Мен саған мынадай демекіи едим:
Сен жап-жас жигитсең, қатарда нарсаң,
Көп болса, он сегиз жаста іығарсан…
А й м а н
Жигирмаға кирдим, жылымыз – улыу …
А р ы у х а н
Ауа, қандай жақсы жас жигит болыу,
Турмысқа іықпайсаң ерикли-ериксиз,
Жасқаныу, жалтаңлау болмайды ҳәргиз,
Қатын болып енбейсең жат босағадан.
«Меники бол» демес дус келген адам …
Саған қызығаман, булай дегеним,
Кеулиңе келмесин. Егер мен сениң,
Күіиңе, жигитлик тәбиятыңа
Ийе болсам еди …
А й м а н
Арыухан, тыңла,
Жулғандай гүл болса сол айтқанларың,
Етеклеп шашар едим жолыңа бәрин,
Бәрин берер едим жалғыз күлкиңе …
А р ы у х а н
Көрдиң бе, сөзге де шеберсең бәле,
Қәр сөзиң дәл тийер мирдиң оғындай,
Ким ойлаған сени шайыр деп бундай?
Ауа, айтқаның дурыс, мен неге сонша,
Өкинемен ҳаял болғанлығыма?
Жоқ, бул – күстанылық, бул – тек те мениң
Өзиме тән бослығым, өз әззилигим.
Усындай натықлығым бираз жерлерде
Жүзимди қаратып болды-ау төменге.
Бул қурлақым тилге келгеннен кейин,
Саған бир қызық сөз сөйлеп берейин:
Мине, он күн болды, бунда бир адам
Ерип көлеңкедей жүрипти маған,
Дәслеп ол жиберди маған файтонын.
Барғанша мақсетин билмедим оның.
Кирип барсам, отыр бир муртлаш киси,
Әллен уаққа дейин болмады иси.
Бир гезде қағаздан көтерип басын,
Бир жат күлки менен сыйпады шашын.
Мейли күлгенинде бар қандай исим,
Билемиз ғой еркеклердиң күлкисин.
Бирақ, бир мәҳәли шоршып жалма-жан,
Албырақлап ушып турдым орнымнан:
Өйткени, таныдым ғарры сағалды,
Толды бир елеске көзимниң алды:
Биз танысқан едик төрт-бес жыллықта,
Ол гезде жүр едим мен тоқаллықта.
Журттан тасаланып бир күни түнде,
Бир «жүриуши» түсти байдың үйине.
Бай сонда қылпылдап, жүгинип саққа,
Дәрҳал бир семиз қой сойды қонаққа.
Түңликти түсирип сөйлести олар,
Есите алмадым, не дести олар.
Ал, мени көриуден қонақ өзгерди,
Байға «қызың ба?» деп сыбырлай берди.
Бай тез аңлап қонағының шамасын,
Шығып кетти, «қыс – деп – қәйниңниң басын»…
Сумырай шал сууқылдап әлемди қуртқан,
Ергенекти илип кетипти сырттан.
Түлки көрген ийттей бас салды қонақ,
Менде де жоқ емес екен күш бирақ,
От басында жатқан садық атөшгир
Күниме жарады сол жерде де бир …
Есикти тайдырып, далаға қаштым,
Жылап жийделикте мауқымды бастым,
Келди көз алдыма сол қорлықлы түн,
Дирилдеп, өзимди жоғалттым пүтин.
Ал енди, сол сағал шақырып мени,
Кеширим сорап жүр усы күнлери.
Хайран болып жүрмен мен басым қатып,
Хеш адамға айта алмайман уқсатып,
Қысқасы бир аман қалған пазнадан,
Уулы шөп пе, деп ойлайман, бул адам.
А й м а н
Бул әжеп ис екен. Ертең азанда,
Ойлассаң қәйтеди Әбдираманға?
А р ы у х а н
Шақырған гезиңде барып еле мен,
Және бир-еки рет сынап көремен,
Егер терис пикирли болса ол адам,
Дәрқал жуп жағадан тутып аламан.
(Кууақыланып, рольге кирип)
«Аҳа, ғарры сағал, түстиң бе қолға» –
Деп, оны әкетип халықтың алдына,
Сотлайман. Сот ағасы өзим боламан.
Жаудың басына бир зәулим саламан:
«А, ну-ка, айтыңшы мынадай уақта,
Болғансыз ғой байдикинде конақта?»
«Мениң есимде жоқ», «Как, есиңде жоқ?
Соттың өзи гүуа, былшылдамаң көп.
Ал, мына атөшгир екинши гүуаң …»
А й м а н
(күлип)
Сен нағыз артистсең, олла, Арыухан.
Саған жарасады ҳәр қандай хызмет,
Мақтағаным емес … мени әпиу ет.
А р ы у х а н
(және қууақыланып)
Жоқ, әпиу етпеймен мен сени, Айман,
«Әпиу етсин» десең, қулақ сал маған:
Отыр усы жерде көзиңди ашпай
Қәм де жүзге дейин сана алжаспай.
«Арыухан, сүйиклим, жипек минезлим,
Сениң ҳәзилиңнен де сулыулық сездим,
Мейли, жүз мәртебе жүзди санайын,
Мейли, алсын мени толқын я жайын,
Тек сен кеулиң толып, болсаң шадыман,
Соның өзи де тек зор бахыт маған.»
Деп Айман қайырда көп уақыт жатты,
Көзин жумып, шийрин қыялға батты.
«Ларс» етти бир уақта сууға бир нәрсе,
Қаулығып, көзлерин ашып жиберсе,
Хеш ким жоқ, тек ғана анадай жерде,
Қулаған дегиштиң айдынын көрди.