11/11/2024
Home / Gunogun / МАГНОЛИЯ – өлең

МАГНОЛИЯ – өлең

Қара теңиз жағасында жайқалып,
Май жапырақлы магнолия өседи.
Көрген сайын жас кеулиме ой салып,
Ышқы сезими менде арта түседи.

Терең тамырын жууып шалқар океан,
Тур бәлентте сулыулыққа таласып.
Жаз таңында қалың жапырақларынан
Шық тамшысын емер түслик қуяшы.

magnoliya-10Бирин ашып, бири ғумшасын салып,
Қысы-жазы шашар аппақ гүллерин.
Пал қәрреси балауызға қадалып,
Ийисин алып қашар мәусим желлери.

Сол сияқлы жүрегимде мениң де
Қысы-жазы гүллеп жатар муқаббат.
Бурқыраған магнолия гүлиндей
Сап ышқымды, сәуер ярым, қабыл ет.

1955-жыл, Хоста.

Dar boramon admin

Инчунин кобед

photo_82681

ӘНАР ГҮЛЛЕДИ

Кел сүйиклим, бағ сейлине барайық. Бахыттың бағында әнар гүлледи, Басқа жемислердиң мийуасы байып, Гүл төккен …