Жазғы ақшамларда жатып шалқама,
Жулдызларға қарап ойға таламан,
Өз өмириңди ойлағанда, бәрқама
Мен өз тәғдириме қайыл қаламан.
Бар оның бир жазып атқан дәстаны,
Мениң өмиримнен шеберлеп қурап.
Мен тууылар гезде оны баслады,
Қашан питкерерин билмеймен бирақ.
Шадлықтан – арқауы, ғамнан – ериси,
Тоқып атырғандай ҳәр бир демимди.
Базда йош бергендей илқам периси,
Жазғанлары елжиретер кеуилди.
Базда рууқы түскен, жамғырлы күндей,
Бояуы бос шығар жазғанларының.
Базда бәҳәрдеги ашылған гүлдей,
Қуяр зейинине ләззетли нурын.
Мен өз Тәғдириме ҳайран қаламан,
Ол сондай мийрибан, соныңдай қатал.
Бирде жаз күниндей күлип қараған,
Бирде қар – боранлап, қапылтып атар.
«Аналы жетим – зор» деген уғымды
Бизге нәрестелей нәсип етти ол.
Аш ҳәм жалаңаяқ балалығымды
Тикешли соқпақлардан айдап өтти ол.
Қәм шығарды жайпауытсыз, өткелек,
Қыйын ҳәм қызықлы жаслық жолына.
«Машақатсыз, аңсат өмир күтпе» деп,
Бир ҳикметли қәлем берди қолыма.
Жақсы – жаман демей усы жолымнан,
Бизди алып кетер, тәғдир көреген.
Сол қәлемди түсирместен қолымнан,
Сүрине – қабына жүрип келемен.
Кеуил бүлбилимди мудам аш етип,
Сайрата-сайрата естен тандырды.
Муҳаббаттың шарабына мәс етип,
Айралықтың отларына жандырды.
Базда шадлық булағынан иширип.
Дәури – дәуранларды сүргизер бизге.
Базда мүсәпирлик ҳалға түсирип,
Көрмес ислерди де көргизер бизге.
Рууҳыятым айдап шөл – бәябанға,
Муңымды самалға шағындырады.
Мәккар мухаббаттың тахты алдында
Тиз шөктирип; оған табындырады.
Базда туйық көшелерге киргизип,
Қәулиртип, әуере – сарсаң етер ол.
Базда тик шыңыраулы жарға миңгизип,
Бир уақта қутқарып алып кетер ол…
Мен өз Тәғдириме кайыл қаламан,
Ол есиркер арзыу- үмитлеримди.
Оған тән беремен, тәубе қыламан,
Арнап шүкираналық мәуритлеримди.
Әзел жазмышымда жазған жол менен
Ол мени шаршамай алып барады.
Билегимнен тутып мықлы қол менен,
Сәл шығынсам, қайтып жолға салады.
Биле – билсең, аңсат емес оған да,
Күн келгенде есап берер олда ғы.
Тик турып баянат жасар ол сонда,
«Күнделик дәптерин» ашып қолдағы.
Тәғдирим! Мен саған сүйеймен арқа
Қәм сыйлайман бийик инабатыңды.
Тилиң мүки болмай Тәңирим алдында,
Жақсы жасағайсаң баянатыңды.
Айтқайсаң сен сонда: Пәруардигарым!
Жазғаныңды хеш булжытпай бежердим.
Ялғаншының бендешилик базарын
Аралатып, бир бендеңди әкелдим.
Сауап ислер қылды, мириубет тапты,
Билип-билмей қылған гүнасы да көп.
Бирақ «инсан» деген уллы атақты
«Беглигин бузбастан алып өтти» деіі…
1995-жыл, февраль.