11/11/2024
Home / Madaniyat va Sanat / МИННЕТДАРШЫЛЫҚ

МИННЕТДАРШЫЛЫҚ

Уа, шайырлық! Сенсиз сара шөлдеймен, Булағыңнан ишкен сайын шөллеймен. Хәр сапары түсип кетсе ушқының, Тамызықтай жанып болмай сөнбеймен.

Жарасығы менен берген 70 жас – Алла тааланың «жарлықарман» деген бендесине инам еткен теңи тайы жоқ сыйлары. Оны минасып инсаный мазмунға бөлеп жасай алмағанымызға ақыбетте өкинермиз бәлким.

Көп заманласларым сыяқлы, мен де өз өмириме, «жаста мийнет бер, картайранда дәулет бер» деген дурыс тилек қабыл болғандай, шүкирлик етемен.

big1666Тууылған сәнемиз рәсмий айланыстағы \үжжетте 1929- жылдың 5-майы деп жүритиледи. Киндик қанымыз тамған ата мәқан Шымбайдың Азат ауылы.

Ра\метлик әкемиз Юсуп ахун биз тууылған жыллары бай-улама сыпатында мал-мүлки қатланып тартып алынып, өзи қамақта қазаланған. Еки ул, төрт қыз бенен қалған Ханбийби елти-анамыздың сондағы қорлықлы турмысы ядыма түскенде еле жан-жүрегим сызлайды. Жигит ағам Мәден Юсупов урыстың басында осколка менен келип, өлди. Жайы жәннетте болғай бул мийнетли бенделердиң.

Өмирбаян анкетамда мына хызметлер жазылған: колхоз табельщиги (1942-44), Нөкистеги пединститут студенти (1945-49), сол институттың әдебият муғаллими (1949-61), «Әмиудәрья» журналының редакторы (1961-62), илимий хызметкер (1962-65), Қарақалпақстан жазыушылары ауқамының баслығы (1965-80), «Совет Қарақалпақстаны» газетасының бас редакторы (1980-88), парахатшылық комитетиниң баслығы (1988-94). 1994-жылдан \әзирге дейин Қарақалпақстан «Руухый мәденият \әм ағартыу» жәмийетлик орайының баслығы.

Өзбекстан \әм Қарақалпақстан Республикаларының Жоқарғы Кеңеслерине депутат та болдық, бир неше орден, атақ \әм сыйлық та алдық. Бул хызметлер әлбетте күш- жигерди де, уақытты да алды, соның менен бирге, шайырдың заман \әм халық турмысы менен бирге қайнап писиуине, азаматлық      сезим                          жууапкершилигине жәрдемлести де.

Шығармаларымның, китапларымның дизимин айтып, уақтыңызды алмайман. Мәзи айтарым, шайырлықта үш нәрсеге садық болдым: қосық арқалы халық жүрегине жол изледим, заманласларымның кеуил-күйин, қайғы- қууанышын, арзыу-әрманларын, умтылыу тилеклерин, бийик адамгершилик пазыйлетлерин жырлауға тырыстым. Қосықтың, Шығыс \әм Батыс классикалық жолларын тынбай үйрендим. Науайы, Мақтымқулы, Бердақ, Абай, Тоқай тийкар салған түркий қосық «академия» сын тауап еттим.

Әдебият босағасын атларда бизлерге ағалық қылған Н.Дәуқараев, Ж.Аймурзаев, Қ.Айымбетов, Ж.Орынбаев, Ә.Шамуратов, И.Сағитов, А.Есемуратов сыяқлы устазларымыздың руухы шад болғай деймен.

Бирге мерекелес болған, мениң шайырлық өмириме жанкүйерлик қылған досларымнан Б.Исмаилов, М.Нурмухамедов, С.Ахметов, Ч.Абдиров, Д.Насыров, А.Худайбергенов, Т.Сейтжановты бүгин жетпистиң
ызғырық желли асырымында турып, емиренип еске аламан. Ал \әзир өзим менен бирге өмир сүрип атырған, сәубетлес дос-яранларға аузақ өмир, аманлық тилеймен.

Шайырлықтың үлкен мәжилислерине кириуимде пири кәмиллеримиз болған нураный тулғалар Ғафур Ғулам, Айбек, Миртемир, Камил Яшен, Сабит Муханов, Берди Кербабаев, Сулайман Рустам, Қайсын Қулиевтың өз улындай еркелетип, бизге қылған дууалары мустажаб болса итимал. Шараф Рашидовтың аталық ғамхорлығын, Зульфия апаның аналық мийрибанлығын умытпайман. Жүйрик қәлем ийелери болған Константин Симонов, Михаил Луконин, Максим Танк, Римма Казакова бизге уақтында көп қайырқомлық иследи.

Қәзирги заманымыздың көркем сөз шеберлери Шыңғыс Айтматов, Расул Гамзатов, Мустай Карим, Олжас Сулейменов, Суйинбай Ералиев, Абдулла Арипов, Еркин Уа\идовлар бизди бәр\а өзлериниң тууысқанлық бауырына тартады.

Шығармаларымызды өз ана тиллерине ықлас \әм шеберлик пенен аударған шайыр досларымызға, әде- биятшы алым \әм баспа хызметиндеги бирадарларымызға шын кеуилден миннетдарман.

Шайырлық мениң руу\ый өмирим, машақатлы мийнетим, мақтанышым. Бүгинлиги журт қатарлы жаңа заманға – ғәрезсизлик заманына ерисип, оған хызмет қылыу несип еткенине қууанаман.

Сөзимниң бәнтбасарында Журтбасымыздың жақында маған жоллаған ил\амбағыш хатынан үзинди келтиремен: «Миллий                 тикланиш»           газетасында         басылған

қосығыңыздың х,әр бир қатарында мәуиж урып турған шын жүреклилик х,әм үлкен сый хүрмет сезиминен оғада тәсирлендим… Шын кеуилден жазған қосық қатарларыңыз ушын миннетдаршылық билдирип, сизге саулық – аманлық, өмириңизге х,әм ижадыңызға берекет тилеймен.

Қүрмет пенен,

Өзбекстан Республикасы Президенти И.Каримов.

Хүрметли Президентимиздиң бул хаты мениң өмиримди жасартып, шайырлығыма жаңа йош-ил\ам береди.

Ибрайым Юсупов

Өзбекстан х,әм Қарақалпақстан халық шайыры.

Dar boramon admin