05/12/2024
Home / Gunogun / ОРНЫҢ БӘІ’ҲА ТӨРДЕ БОЛДЫ, АҚСАҚАЛ (өлең)

ОРНЫҢ БӘІ’ҲА ТӨРДЕ БОЛДЫ, АҚСАҚАЛ (өлең)

Таллы жағыс тамғалының жеринде
Бул жақты жаҳанға келдиң ақсақал.
Ат көтерип қарақалпақтың елинде,
Бир киси ким болса, болдың, ақсақал.

Улы едиң қара табан дийқанның,
Ауыр мийнет нанын жеген адамның.
Алдыңа ат тартқан жаңа заманның
Аянбай хызметин қылдың ақсақал.

stareХалқың менен өстиң қаның қатысып,
Кегейлини қаздың қоста жатысып.
Бирге жарма ишип қасық атысып,
Тақан шайысқансаң елге, ақсақал.

Қатебин жазбаған нардай күшли едиң,
Қарып-шаршап ат белинен түспедиң.
Ел ушын ентелеп жумыс иследиң,
Халқыңның кеулинен шықтың, ақсақал.

Қақ кеуил, ел сүйген адам екениң,
Ақыл-зейини алық инсан екениң,

Йолдаш ата, Осман, Шараф әкениң
Нурлы нәзерине түстиң, ақсақал.

Тууры сөзден жалтармадың жасқанып,
Халқың менен астың турмыс асқарын.
Он сегиз жыл парламентти басқарып,
Заң-закун басында турдың, ақсақал.

Төбеңди көргенде журтлар қууанды,
Шөллегенлер булағыңнан суу алды.

Қәзиллессең, қапа кеуил жубанды,
Отырыспаның гүли болдың ақсақал.

Жийреншедей жүйрик, шийрин тил болса,
Ата-баба дәстүр қылған жол болса,
Бул әтирапта қанша улыс ел болса,
Бәри қүрметиңде болды, ақсақал.

Жоқары орынға халық сайлады,
Бирге мийнет етип, бирге тойлады.

Ташкент, Мәскеу бәри сизди сыйлады,
Орның бәрқа төрде болды, ақсақал.

Ғәрезсизлик орнап бүгин Уатанда,
Уллы хүрмет қылып уллы инсанға,
Халық сыйлаған қалый болмас қашан да,
Рууқың шад болғай мудам, ақсақал.

(Мәтеке ақсақал Жуманазаровтың естелигине)

Dar boramon admin

Инчунин кобед

6-min

СУЛЫУ ЕКЕН АЛМА АТАНЫҢ ҚЫЗЛАРЫ (хәзил – өлең)

Алтын жапырақ, ақ балтырлы кайыңлар, Шарпыды ма қоңыр гүздиң ызғары? Бул сөзимди шаулап көкке жайыңлар: …