11/11/2024
Home / Ilm / ПРОЛОГ

ПРОЛОГ

Қей сен, қоңыратлы қыз, жаным Арыухан,
Қызыл қапы алдында иркилдиң, неге?

Сығалап турғанды қой тал арасынан,
Жетер тартынғаның, кир ишкериге.

Кир деймен, қымбатлым, қолыңды узат,
Қәнекей, бир батыл қәдем ур, – тамам, –
Тек сөйтсең болғаны, уәдем қақыйқат,
Әжайып бир дүньяны ашайын саған.

Сен ушын жат емес бул қызыл есик,
Бийкар гүдикленип иштен жанасаң,
«Қолдан келмес иске умтылар» десип,
«Күлип журе ме» – деп гүманланасаң.

Жоқ, бул жерде саған «арман тур» демес.

Жаслар бунда қурар зауықлы кеше.

Бул Жәлеке байдың хәулиси емес
Қәм шашыңнан сүйреп урмас бәйбише.

Бунда жоқ, Жәлекениң Әйтен гешшеси,
Сени қанға бояп, шалмақшы болған.

Излеп келип, кирмей қайтқаны неси?
Неге қамсығасаң жаным, Арыухан?

Сен жетим қыз едиң, сен шоры едиң,
Бирақ ауылымыздың сәни болдың сен;
Қалжыңбас жигитлердиң сен соры едиң,
Жууапты шарлар едиң, өткир сөз бенен.

Сен тезек териуге шығып арқашқа,
Гейде қандай жақсы қосықлар айттың.

Төздиң сен ыссыға, сууыққа, ашқа,
Сулыулығың қарыйдарды молайтты.

Анаң ерте өлди, мийримсиз әкең.

Сени сатты байға он төрт жасыңда.

Киси есиги деген тоң тезек екен,
Еритиу қыйын болды ғам-ғуссасында.

Бирақ, ауылымызда хеш қыз, хеш қатын
Алдыңа түспеди ақыл, шырайдан
Қәм ашық минезиң, шоқ тәбиятың
Кууды ғам-қайғыны сен жүрген жайдан.

Лекин, тал шыбықтай тауланып сонда,
Ауыр жүк астында сен өскен сайын,
Азап сонша батты зил берип жанға,
Журтқа ермек ушын сен болдың қайым.

Гейде айдылыңның жийегин тислеп,
Кеттиң көзден таса жийделик бетке,
Бастың өксигиңди өзиңди күшлеп,
Тири жанға муңыңды шақпадың хәтте.

Сөйтип жүргениңде, таң атқан еди,
Таң атты, нурлы таң, бир әжайып таң.
«Қәпестеги бүлбил, азатсаң» деди

Хәм мәңги қутылдың қуллық торынан.

Ауыл муғаллими сени жетелеп,
Төрткүлге әкелип оқыуға берди.
Азатлық таңында суңқардай түлеп,
Көзлериң еркинлик нурларын көрди.

Сен мәңги азатсаң, жолдас Арыухан,
Қей, көп азап көрген қарақалпақ қызы.
Hyp алып еркинликтиң алтын таңынан,
Күл сен, күн шығыстың гәуҳар жулдызы.

Аш қызыл есикти, бас, аяқты бас,
Бахытын қарсы алыуы керек ҳәр адам.
Тартынба еркинлик алған қарындас,
Жол ашық, жол ашық, жол ашық саған!

Dar boramon admin

Инчунин кобед

belyiy-parohod-1

ДӘРЬЯ БОЙЫНДАҒЫ КЕШ

1 Қолында китабы, көзлери ойшаң, Көшеде асықпай барар Арыухан, Қызғыш биртартары от қусап лаулап, Желбирер …