Кең далада кеули дәрьядай тасып,
Бир жигит баратыр таң сәҳәр шағы.
Шекпени желбигей, көкиреги ашық,
Жанбасқа шырпылдар қосбау шашағы.
Өзин Бердақ сезер, өзин хан сезер,
Созса ҳәзир қолы жеткендей айға.
Кеули кең даланы шарқ урып гезер,
Ысқырар сайраған пошша торғайға.
Қурашын желкеге сүрип бир уакта,
Нәзерлеп ол қарсы алдына қарады.
Аңлай-аңлай серлеп көрсе, узақта
Саллана-долана бир қыз барады.
Жигит көрди анық анадай жерден:
Қумырысқа сууретли нәзик бел екен.
Қынама бәшпенти тамамы зерден,
Қыз екен әндамлы «келсең-кел» деген.
Қызыл көйлек лаулап барар буралып,
Ким көрген буныңдай сулыуды бурын!
Назлы аяқлардан «жүр» деп соранып,
Өкшени қамшылап барар қос бурым.
Жем көрген қырғыйдай жигит жутынып,
Аш нәзерин тикти суғы өткенше.
Жүреги шәукилдеп, көзлери тынып,
Асықты сол қызды қууып жеткенше.
Мине, жақын келди, еситти ҳәтте
Сыртылдысын жез мыйықлы геуиштиң.
Жигит қурыжланып минди де пәтке,
Және асып түсти бир қырдың үстин.
Жигит сәл иркилип шешти шекпенин,
Сол заматта көзден қыз болды ғайып.
«Қыз ба я пери ме қууғаным мениң?
Я әжеп! деп жигит турды аңқайып.
Жоллар қалды шетте, шекпен де қалды,
Қураш қалды бир төбениң басында.
Етигин таслап, жеңилтекленип алды,
Ессиз қосбау қалды шат арасында.
Қыз барар сылаңлап қызыл түлкидей,
Жигит тазы болып түсти кейнине.
Әдира қалды барлық шадлы күлкилер,
Топасланып питти ақыл-зейни де.
Жигит жыйнап бойға ақырғы күшин,
Жууырды кес-кеслеп қыздың алдынан.
«Ақ, қаныңдай сулыу, не деген пишин»
Деп ол туу сыртынан суқланды оған.
«Тоқта, қәй, қошшым!» деп хаплығып барып,
Тутты билегинен сақыбжамалды.
Х,ам байғус жигиттиң жүзи қууарып,
Ләбин тислеп, үнсиз силейди қалды:
Таң азаннан кешке дейин қууғаны
Қотыр қәм шылпық көз бир хаял екен.
Жигит кеулин кернеп дәрт-пушайманы,
«Ялғаншы дүнья-ай» деп, жылаған екен …