05/12/2024
Home / Ilm / ШАЯН

ШАЯН

 

Пәнжесинде азалы кейиптиң
Отырды ол салбырап басы.
Жер титиреткен үшинши Рейхтиң
Батты әне қанлы қуяшы.

Ким ойлаған: тәғдир дегиши
Оның астын геулеп аларын,
Кең дүньядан бир бункер иши
Бүгин оған тарлық қыларын!
Қайда сол бир даңқ – атақ, сыйлар,
Ийттей ерген изиңе сениң.
«Дүньяға тек жалғыз арийлар
Тутқа болсын» деген исеним?

О, ол усы исеним менен
Қанша йошлы, қанша күшли еди.

Ақшам кетпей кабинетинен,
Уйқыдан да безип иследи.
Ол иследи, көп әрман етип
Тарийх ағысын терис бурыуды.
Москвадан фюрерди сөйлетип,
Қапталында өзи турыуды.
Москвадан фюрерди сөйлетип,
Соңынан бул өжет қаланы
Тегислетип, жер-жексен етип,
Егип таслау еди қыялы.

Фюрер қайда? Өзин өлтирген.
Енди сениң гезегиң келди,
Және бункер үстинде бирден
Рус зеңбереги жөтелди…
Свастика! Инсанға қарсы
Жауызлыктың қара қурты ол.
Қәне енди қутылып қалшы,
Тар бункерден тысқа тауып жол.
«Бала-мениң жүрегим-жаным»
Дегенди ол көп айтар еди.

Алты перзент көрген атаны
Кимлер «жауыз» деп айтар еди.
Балаларын сүйсе ҳәр киси,
«Усындай-ақ болар әлбетте».
Дачасында бир овчаркасы
Өлгенде ол жылаған қәтте.
Базда урыстан, концлагерден
Әкелинген фильмди көрип,
Әжел көрингендей қәбирден,
Қорқар еди болса да «берик»,
Өлген анасының мәммесин
Қармап жылар еди нәресте.
Балаларды шуулатып, қәммесин
Пешке тыққанлары бар есте.
Қоллары сол нәрестелердиң

Жағасынан алып атқандай.

Тум-тусынан бетон бункердиң
Май қуйып, от жағып атқандай.
Жауызлықтан йошланған усы
Гөртышқандай кирттай жүрегин,
Адамзаттың уллы ғарғысы
Алқымына әкеп тиреди.

Еситер едик бала гезлерде,
Сондай шаян болады десип:
Өзине қәуип тууылған жерде
Өз баласын шағады десип.
Сол айтқандай, шаянлық етти де,
Адамзатқа қарай алмады.

Өз балларын зәқәрлетти де,
Өзиниң де басын жалмады…
Адам инсанлыктан кеткенде,
Инсан оған бермес қол ушын,
Жауызлықты кәсип еткенге
Бул тарийхый сабақ ол ушын.

Ноябрь 1975-жыл.

 

Доктор, мениң балаларымды өлтириуге ^аялыма
көмеклесиуиңди сорайман.

(Геббельстиң соңғы өтиниши)

Dar boramon admin

Инчунин кобед

belyiy-parohod-1

ДӘРЬЯ БОЙЫНДАҒЫ КЕШ

1 Қолында китабы, көзлери ойшаң, Көшеде асықпай барар Арыухан, Қызғыш биртартары от қусап лаулап, Желбирер …