Қапа болсаң ағын сууды жағала,
Тасып кетсең әулийени арала.
Нақыл.
1
Барлық хәм жоқлықтың, шегарасы бул,
Усы жерге келип излер жоғалар.
«Менсиз дүнья жоқ» деп, асқынған кеуил
Бунда арнасына қайта қуйылар.
Бунда күлки тынар ғумша ләблерден,
Көзге жас жууырар, ақыл албырар.
Достың сенсиз үйге қайтар бул жерден,
Я ол сен қайтқанда ере алмай қалар.
Өлимнен хеш жүйрик қашып қутылмас,
Есаптан жаңылмас, ол хеш утылмас.
Бирақ ол қаст етип қылса да хәмир, –
Тек те бир күш оның айтқанын қылмас:
Сау болсын гүресшең, шаршамас өмир!
Бир шыбығы сынса, мың болар саррас.
Әжел қурығынан жүйрик қутылмас,
Оны ойлап қорықпа, қорық сен мынадан:
Сени соңғы жолға узатқан адам
Көзине алмаса бир қатире жас.
Өлимиң дәрт салмаса ҳеш бир кеуилге,
Жоқламаса сениң орныңды өмир:
«Бул да өтип кетти-ау, байғус, әйтеуир»
Деп ойласа қойып атырып гөрге.
Отырыспада еске түссең нағайбыл,
Исмиң тирилмесе мысалы бир гүл,
Жақсың илинбесе тилге сол гезде;
Түсине енгениңде шоршып түсер бир –
Бир дос, бир душпаның қалмаса изде,-
Демек, сүрмегениң жартыулы өмир.
3
«Ол қайта тирилип келсе еди бир,
О, мен кирпик болып оның көзине.
Көрмеген иззетин көрсетип не бир.
Сыйлар едим шаң қондырмай жүзине.
Кешиккен солдаттай, келсе ол кирип,
Ярындай аймалар едим-ау сонда» –
Дер адам адамды жерлеп атырып …
Бул бийхууда өкиниш ғой шынында.
«Қара хаттан» кейин келген солдат ҳәм
Жат көринер. Өлик тирилген гезде,-
Сүйиу түуе, жолай алмассаң оған.
Сол ушын суу қайтып ақпайды изге,
Бос өкиништен көре, бир-биримизди
Сыйлай билген әбзел биз тиримизде.
4
Жүз елиуге шыққан бир ғарры көрдим,
«Қандай бахытлы» деп параз еттим мен.
Излеп барып таптым ҳәм сәлем бердим,
Әлле неге қапа болып кеттим мен:
Бесте екен Бердақ тууылған жылы,
Өзи үш кемпирдиң басына жеткен,
Тарас Арал бетке қууылған жылы,
Үш ул көрип, көлде ол талап еткен.
Үшеуи де қартайып өлди бирақта,
Заманлас, дос-яран кетти жыраққа.
Өзгерди әуладлар, өзгерди заман.
Ол түнерип қарар ғарры дараққа.
Ғарры шынар турар қурт жеп қуураған,
«Гүулеп турдым-ау -деп баяғы уақта».
5
Әфәндини көрдим қәбирстанда,
Қәдимгише хошуақ, еле өлмеген,
Ешегин урлаған уры да бунда
Қанша аңлыса да еле келмеген …
Ол жерде Өмирбек, суфы жолықты,
Пийри менен бир мазарды қарап тур,
«Бизиң жай пәкизе имарат болыпты,
Енди не кемис?» -деп оннан сорап тур.
«Енди кемиси тек өзиңиз, пийрим …”
Дегенде пир туулап, гүжирейтти ийнин.
Сол айтқандай бизиң Ағаш қуйрық та
«Қала болыпты-ау мынау қойымшылық та»
Деген қәмелдарға: «Ауа сен келсең,
Қала қәкими де болажақ …» деген.
6
Қулпы тасқа жатқан: «Бул жатқан мархум
Қырық күн өмир сүрген. Судья болған» …
«Қәте оқып турған шығарман бәлким?»
Деп Әфәнди сорар жолаушылардан.
«Қәте емес, бизде бар сондай дәстүр:
Өлерде қәммесин еске аласаң.
Өмириңдеги шадлы демлерди бир бир,
Өзиңше есаплап, шотқа саласаң.
Өмириңе есаплар тек сол күнлерди …
Айтты Әфәнди: «Бул даналық неткен! -деп,
Нағайбыл елиңизде өлсем мен енди,»
Сизден илтимасым, айып етпең тек:
Қәбириме жазың: «Байғус Әфәнди
Дүньяға келмей-ақ өлип кеткен» деп …
7
Атомды кеселге ем етемен деп,
Талай доктор өз өмирин набытлар.
Дүньяны адамға кең етемен деп,
Сүнгир туңғыйықка космонавтлар.
Инсан өз ақылына уғрас келместей
Тилсим менен ашар дүньяның сырын.
Базда өз өмирин елестирместен,
Гөр аузынан алып қалар бир-бирин.
Адам қандай қыйынлықты жеңбес ол!
Дүнья билер оның ақылын, күшин.
Тек бир нәрсе ғана қолынан келмес, ол:
Өз жанын, өз өмирин аяй билмес ол,
Себеби, өзи ушын өмир сүрмес ол,
Адам өмир сүрер адамлар ушын.
8
«Шынар, сен қалайша бир жерде турып,
Үш жуз жыл жасайсаң? Үйретши маған!»
Деп сорадым саясында отырып,
Шынар айтты: «Мейли айтайын саған:
Сен мени егесең ҳак нийет пенен,
Ал мен жақсылыққа жақсылық ойлап,
Тек бәлентке ғана умтылып өсемен,
Инсанға сая хәм гөззаллық сыйлап.
Миллионлаған жасыл жапырақларым
Қәр таңда күн шуғласына шомылар
Х,әм де бир-бириниң қағар шаңларын.
Пазыйлет дәрьясы тамырымды жууар.
Қәлбине орнаса бул айтқанларым,
Адам да көп жасау ушын тууылар.
9
Бир елде көп тилли улыслар жасар,
Бәри бир анадан тууылған яңлы.
Адамлар дослық деп қушағын ашар,
Кеуиллер сүт пенен жууылған яңлы.
Ал, сиз екеуиңиз аразластыңыз,
Душпан сиясатлы еки ел қусап:
Шегараға тикенли сым тарттыңыз,
Ала бағана көмип, сақшылар услап.
Тасадан оқ атып бир бириңизге,
Инцидентлер болып турар арада,
Жәбир етпей қысқа өмириңизге,
Жарасарсызлар ма сиз тириңизде,
Яки сыйыса алмай кеп-кең дүньяға,
Сыярсыз ба тап-тар қәбириңизге.
10
Саулатлы гүмбез тур қәбирстанда,
Күн сүйип көк шырша бәдия тасын.
Дәбдебели қәд көтерип аспанға,
Түрли ойға салар адам баласын.
«Бәрекелла! Мине, өлиге хүрмет»,
Деп сүйсинип қарар гүмбезге ҳәр ким:
«Қай заманның мүлки? Хан ба яки бек?
Алым ба, шайыр ма бул жатқан мархум?
Ләқәт қазып атқан биреу нас атып,
«Қызық адамсыз» деп мырс етип күлди. –
«Бул – көкнаршы ғарры, жақында өлди.
Бул гүмбез – мийнетсиз пулдың мәслиги:
Ол ғаррының улы көп жылдан бери
Бизде сауда базасының баслығы».
Базы бир адам бар, «өлди» дегенде,
Исенбей турасаң өз қулағыңа.
Абайсыз зәқәрли тағам жеген бе,
Машина қақтыма, тас қулады ма?
Жоқ, жоқ, мүмкин емес … Қалайша өлди?
Қийледен шайтанды утар еди ол?
Неғайбыл дус келсе, Мефистофелди –
Ибилиске үш мәрте сатар еди ол?
Егер жер астында болса қүкимдар.
Буны алып барған Әжелди боқлап,
Дер еди: « – Не бәле әкелдиң, заңғар!
Әй, дозақ сақшысы, бол мынаған сақ!
Бул аузыңнан кирип, артыңнан шығар,
Сөйтип дозақты да етеди қарап …»
12
Базы адамлар бар «өлди» дегенде,
Исенбей турасаң өз қулағыңа.
Бир ғәлетий боран қутырып демде,
Бастырып киргендей кеуил бағыңа.
Жаның ыршып түсер қылыш шабақтай,
Жақын-жууық болмаса да ол адам.
Сәубетин тәрк еткен әзиз қонақтай.
«Ай-қай, ийт дүнья деп кеулиң қаусаған.
Инсаный зибаны болса Тәбият,
Айтар еди жауыз Әжелге сонда:
«Уақ-уақ, әттегене! Қылыпсаң уят.
Қалай көзиң қыйды жанын алмаға.
Бул инсан өлими – маған қыянат.
Бар, апарып жибер жақты дүньяға».
13
Мен, сөйтип, өлиппен. «Ақыйры кайыр,
Яқшы адам еди» деп журт апарар,
Есте қалғандай бир сөз айтса шайыр,
Кимдур соны иштен гүбирлеп барар.
Духовой оркестр барар мөңиреп,
Халық деген жақсы ғой, өлини сыйлар.
Критигим келер изде мөнтеңлеп,
Биреулер «ордени нешеу?» деп қарар.
Досларым көзинен жасы сорғалар,
Душпаным басымда қурдай жорғалар,
Қыймылы дым шаққан, дауысы патлы.
«Абайлаң!» деп табытымды қорғалар,
Бирақ соңыра ол да ынжылып қатты,
Майдансыз мәрт қусап, салбырап барар …
14
Базарға барсаң, адам өлмегендей,
Ким не менен бунда сауда етти екен?
Әулийеге барсаң адам қалмағандай,
Дүньяға қанша адам келип-кетти екен?
Х,еш ким алмағанды есабын буның.
Тууылмақ хәм өлмек – лазымлы десер.
Пышық қууып таусар найшаның жибин.
Қайтып келмес жолға кәруаның көшер.
Бунда иләхият даналығы бар:
Өлмейтуғынлығын билсе адамлар,
Қәмме тири жүрсе жердиң жүзинде, –
Нешик кешер еди дүньяның халы?
Бес күн өмир сүргенниң өзинде,
Астан-кестен етип атыр дүньяны . . .